Емлеўхана тарийхы

Республикалық қәнийгелестирилген онкология ҳәм радиология илмий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан филиалы ҳаққында қысқаша тарийхый мағлыўматнама.
Қарақалпақстан Республикасы Онкология диспансери медициналық хызмети биринши мәрте 1952 жылы 10 койкадан ибарат қалалық емлеўхана имараты бир бөлиминде шөлкемлестирилген. Онкологиялық диспансердиң даслепки бас шыпакери Фаид Абдурахманович. 1962 жылы радиология корпусы имараты қурылысының тамамланыўы менен Онкология диспансери стационар бөлимлери 50 койкаға кеңейтирилди. 1967 жылы Қарақалпақстан Республикасы онкология диспансериниң 150 койкадан ибарат таза имараты қурылып пайдаланыўға тапсырылды. Сол ўақыттан баслап Таракоабдоминал хирургия бөлими, Ҳаяллар репродуктив ағзалар кеселлиги бөлими, Улыўма онкология бөлими, химиятерапия бөлими, радиология бөлими, шөлкемлестириў методикалық жардем бөлими. Поликлиника, цитология , клиника биохимия лабораториясы жумыс ислеп баслады. 1972 жылы Өзбекстан ССР Ден саўлықты сақлаў министрлиги Онкология ҳәм Радиология Илим Изертлеў Институты Қарақалпақстан филиалы болып шөлкемлестирилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2011 жыл 28 ноябрьдағы “Соғлиқни сақлаш тизимини ислоҳ қилишни янада чуқурлаштириш чора-тадбирлари тўғрисида”ги ПК-1652-сонли Қарары тийкарында онкология диспансерлерин капитал оңлаў ҳәм реконструкция қылыў Инвестиция жойбарына киритилип 2013 жыл мәмлекетлик жойбар бойынша тазадан поликлиника ҳәм 40 койкадан ибарат радиология корпусы иске тусти. 2014 жыл наўқаслар емленетуғын ески стационар бөлиминде капитал оңлаў жумыслары алып барылды. Филиал Өзбекстан Республикасы Ден Саўлықты сақлаў министрлигиниң 1993 жыл 12 декабрьдеги №631 санлы “Осма касалликларини профильактикаси, ерта диагностикаси ва даволанишни янада такоммиллаштириш” буйрығы тийкарында жумыс алып барады.
Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң 2018 жыл 7 сентябрь №329 санлы буйрығына тийкар Республика Қанигелестирилген Онкология ҳәм Радиология Илмий-Әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалына өзгертилди. Филиалдың ҳәзирги күндеги дүзилмеси 160 орыннан ибарат болып: Торакоабдоминал бөлими 30 орын, Ҳаяллар репродуктив ағзалар кесесллиги бөлими 30 орын, Химиотерапия бөлими 20 орын, Паллиатив жардем бөлими 20 орын, Улыўма онкология бөлими 20 орын, Радиология бөлими 40 орын. Көрсетилген бөлимлерден тысқары параклиник бөлимлерден ибарат:
Булар-150 қатнаўға мөлшерленган диспансер бөлими. Дарихана. Орайластырылған стерилизация бөлими. Рентген диагностика бөлими. Клиник, биохимик лаборатория бөлими. Патоморфология бөлими. Шөлкемлестириў методика бөлими. Архив. Хожалық бөлимлери. Администрация (бухгалтерия, кадрлар бөлими)
Орай филиалы Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы М.Джуманазаров көшеси, 29 үйде жайласқан.

Соӊғы жаӊалықлар

Теглер